Қубла Корея қорғаныў қәрежетин арттырмақшы

Корея Республикасы Президенти Ли Чже Мён Вашингтонда АҚШ жетекшиси Дональд Трамп пенен сөйлесиў өткерди. Сөйлесиў жуўмағы бойынша шығып сөйлеп, ол Сеул келешектеги итималлы әскерий келиспеўшиликлерде үстинликке ерисиўди гөзлеп, өз Қураллы күшлерин “ақыллы” етиў ушын қәрежет арттырылатуғынын айтты:
– Бәринен бурын, биз қорғаныў бюджетин арттырып, Корея армиясын “ақыллы” жәмәәтке айландырамыз, алдынғы технология ҳәм әскерий активлерди қолға киргизиў ушын қаржы жумсаймыз.
Сондай-ақ, Қубла Корея басшысы мәмлекети регионаллық қәўипсизликте әҳмийетли орын ийелейтуғыны, Корея ярым атаўын ядросызландырыўға ерисиўи бойынша бирге ислесиў бойынша да келисимге ерисилгенин қосымша етти.
– АҚШ, Япония ҳәм Қубла Корея Арқа Кореядан жақынласып киятырған “ядро ҳәм ракета қәўпи”не улыўма жуўап береди, – деп сөзин даўам еттирди Ли Чже Мён үш тәреплеме бирге ислесиў ҳаққында айтып. – Сеул ҳәм Вашингтон КХДР менен сөйлесиўге умтылады ҳәм соның менен бирге Пхеньянның итималлы бузғыншылығына “қатаң жуўап” береди.
ӨзА