Ғаўашаны дефолиациялаў мәселеси көрип шығылды

232

Нөкис районындағы “Арбашы” АПЖ аймағында жайласқан фермер хожалықлары  ғаўаша атызларында дефолиация илажларын системалы әмелге асырыў бойынша көргизбели семинар болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, тийисли тараў жуўапкерлери ҳәм фермерлер қатнасты.

Семинарда дефолиация илажларының агротехникалық әҳмийети, оны сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаўдың өнимдарлыққа тәсири, сондай-ақ, заманагөй усыллар ҳәм химиялық қураллардан пайдаланыў бойынша толық түсиниклер берилди.


Қәнигелер тәрепинен атыз жағдайында әмелий көрсетпелер берилип, фермер хожалықларына нәтийжели дефолиантлардың түрлери, оларды қолланыў муғдарлары ҳәм қәўипсизлик қағыйдалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги