Пайтахтымызда ишимлик суўы тәмийнаты бойынша мәселелер додаланды

Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиндеги Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы депутатлық топарының мәжилисинде “Қарақалпақ суў тәмийнаты” акционерлик жәмийети Нөкис қалалық филиалы тәрепинен қала халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша усынылған есабаты тыңланды. Мәжилисте филиал баслығы К.Садиков қатнасып, 2025-жылдың январь-июль айлары даўамында әмелге асырылған жумыслар, бар машқалалар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында толық мәлимлеме берди.
Нөкис қаласы халқының 99,9 проценти ямаса 344,4 мың адам орайласқан ишимлик суўы тармақлары менен тәмийинленген. Суў тәмийнаты үш тийкарғы объект – ВОС-Нөкис, УРВ-1 ҳәм УРВ Қызкеткен арқалы әмелге асырылмақта. Жәми суў тармақларының узынлығы 729,9 км болып, соннан 112,2 км – ири суў тармақлары, 617,7 км болса жергиликли тармақлар болып есапланады. Филиал тәрепинен 2025-2026-жыллардың гүзги-қысқы мәўсимине таярлық шеңберинде 500 погон метр капитал оңлаў ҳәм 4600 погон метр ағымдағы оңлаў жумыслары режелестирилген болып, усы жылдың 7 айында соннан 150 п/м капитал ҳәм 1500 п/м ағымдағы оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Президент қарарына муўапық, “Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системаларын раўажландырыў” қоры есабынан 47 млрд 371 млн сумлық қаржы есабынан “Жеке терек” мәҳәллесинде жайласқан ВОС-Нөкис суў тазалаў имаратында реконструкция жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, қала ҳәкимлиги тәрепинен ажыратылған қаржылар есабынан 11 мәҳәлледе 11,48 км ишимлик суў тармақларын қайта қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Усы жылдың 7 айында 1051 қысқа номери арқалы диспетчерлик хызметине 565 авариялық жарылыў бойынша мүрәжат келип түскен болып, барлығы өз ўақтында сапластырылған. Ақаба суў хызмети бөлимине болса 2128 мүрәжат келип түскен ҳәм олар да толық шешилген. Сондай-ақ, 8 дана насос агрегатында оңлаў жумыслары алып барылды. Филиал тәрепинен 79 904 абонентке хызмет көрсетилмекте, бирақ дебитор қарыздарлық муғдары 9 млрд 419 млн сумды қурамақта.
Мәжилис даўамында депутатлар есабат бойынша өз пикир-усынысларын билдирип, бар машқалаларды сапластырыў бойынша усынысларын алға қойды. Соның ишинде, дебиторлық қарыздарлықты қысқартыў, халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў, оңлаў жумысларын системалы шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.



Қарақалпақстан хабар агентлиги