Рекламалардағы нызамбузыўшылықлар бойынша шаралар көрилди

135

Бәсеки комитети ҳәм оның аймақлық басқармалары жумысшы топары тәрепинен сыртқы жазыўлар ҳәм реклама объектлериниң әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық орнатылғанның жағдайы үйренилмекте.

“Реклама ҳаққында”ғы нызам талаплары бузылғаны анықланған исбилерменлик субъектлерине ис қозғатылып, кемшиликлерди сапластырыў бойынша көрсетпелер берилип, төлемли жәриймалар да қолланылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бәсеки комитети тәрепинен “ISLAM TEXNO MIR” ЖШЖда сыртқы реклама қағыйдаларына әмел етилиўи бойынша үйрениў өткерилди.

Үйрениў нәтийжесинде жәмийет тәрепинен 1 кв.м ҳәм оннан артық рекламалар паспортсыз жайластырылғаны анықланды. Бул жағдай рәсмий акт пенен тастыйықланып, Министрлер Кабинетиниң 225-санлы қарарына тийкарланып ис қозғатылды.

Нәтийжеде, “ISLAM TEXNO MIR” ЖШЖға төлемли жәрийма қолланыў бойынша Нөкис районлар аралық экономикалық судына даўа арза киргизилип, арза қанаатландырылды.

Сурхандәрья ўәлаяты Алтынсай районында “Реклама ҳаққында”ғы нызамшылық талапларын үйрениў процесинде пуқара С.Э. тәрепинен шөлкемлестирилген “IYMONA TRAVEL DENOV” атлы телеграм топарында “UMRA HAJ” сапары бойынша нызамсыз реклама тарқатылғаны анықланды. Нызам бузылыў жағдайы бойынша пуқараға ҳәкимшилик жәрийма қолланылды.

Реклама жайластырыўдағы нызамбузыўшылық бойынша Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд ўәлаятларында ушырасқан жағдайлар арнаўлы комиссия тәрепинен көрип шығылып, нызамбузыўшы субъектлерге белгиленген тәртипте тәсир илажлары қолланылды.

Сондай-ақ, нызамсыз рекламаларды сапластырыў ҳәм келешекте нызам бузылыўына жол қоймаў бойынша көрсетпелер берилди.

 

ӨзА