Қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаўдың жаңа тәртиби күшке кирди

Усы жылдың 21-август күни қабыл етилген “Айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы Нызам менен бир қатарда, соның ишинде, “Қәўендерлик ҳаққында”ғы нызамға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Мақсет – қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў тәртибин анық белгилеў.
Атап өтилгениндей, қәўендерлик етиў тәртиби миллий нызамшылығымызда анық белгиленбегенлиги себепли айырым алдаўшылар пуқаралардың исениминен пайдаланып, олардың мүлкине нызамсыз ийелик етпекте.
Мысал ушын, социаллық тармақларда бийтаныс балалардың кесел жағдайдағы сүўретин жайластырып, қайырқомлық пулларын урлаў менен шуғылланған шахслар аз емес. Бундай жағдайлар пуқаралардың тек ғана материаллық зыян көриўине алып келип ғана қоймастан, ал олардың қайырқомлық жумысына болған исенимин төменлетеди ҳәм жәмийеттеги социаллық аўызбиршиликке зыян жеткереди.
Бундай алдаўшылық жағдайлары қайырқомлық жумысы ҳәм сырт ел қаржылай жәрдеминиң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған нызамшылыққа тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди талап еткен.
Жоқарыдағыларды есапқа алып, “Қәўендерлик ҳаққында”ғы Нызамда төмендегилер белгиленбекте:
– қәўендерлик қайырқомлықлары нақ пул түринде тек ғана қайырқомлық қутысы жәрдеминде жыйналады ямаса қәўендерлик шөлкемлери, қәўендерликти әмелге асырыўшы юридикалық шахслардың банк есап бетлерине пул өткериў жолы менен әмелге асырылады;
– қәўендерлик қайырқомлықлары мүлк түринде жыйналған жағдайда қабыл етилген мүлктиң дизими қәлиплестирилип, оның түри, муғдары (көлеми) көрсетилген ҳалда акт дүзиледи;
– қәўендерлик алыўшы физикалық тәреплер қәўендерлик қайырқомлықларының муғдары ҳәм олардан мақсетли пайдаланылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматты усы қайырқомлықларды берген шахслардың талабына бола береди;
– қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаў процесслериниң басланыўы ҳәм жуўмағы бойынша ҒХҚ, рәсмий веб-сайтлар ямаса социаллық тармақлардағы бетлерде тийисли мағлыўматлар жәрияланады ҳәм салық есабатларында сәўлеленеди;
– физикалық тәреплер қәўендерлик қайырқомлықларын нақ пул ямаса мүлк түринде тек ғана өзи ямаса жақын туўысқанларының мәпи ушын жыйнайды, онда нақ пул тек ғана олардың банк есап бетлерине ямаса жеке банк картасына өткериледи;
– кеўиллилер қәўендер алыўшылардың мәплерин гөзлеп, қәўендерлик қайырқомлықларын жыйнаўға тек ғана дағаза арқалы жәрдемлеседи;
– қайырқомлық қутысы тек ғана қайырқомлық шөлкемлери, қайырқомлықты әмелге асырыўшы ямаса қабыл етиўши юридикалық шахслар тәрепинен орнатылады, ашық-айдын ҳәм мөрленген болады, оны ашыў ҳәм қаржыларды есаплап шығыў процеси видеожазыўға алынады.
Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте қәўендерлик ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузғаны ушын (2392-статья) 1,2 млн сумнан 2,8 млн сумға шекем жәрийма белгиленбекте,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги