Өзбекстан исенимли қәдемлер менен тарийхый мийрасын сақлап келмекте

26-август – Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылған күн.
Тарийхты үйренбей, материаллық ҳәм руўхый мийрасты қәстерлеп сақламастан бәркамал әўладты қәлиплестирип болмайды. ЮНЕСКО дүнья көлеминде мәдений мийрасларды қәстерлеп сақлаў, заманагөй билимлерди тарқатыў ҳәм халықлар арасында өз-ара түсинисиўди күшейтиўге хызмет етеди. Бул Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша қәнигелескен агентлиги болып, 1945-жылы шөлкемлестирилген. Оның тийкарғы мақсети – халықаралық бирге ислесиў арқалы билимлендириў, илим ҳәм мәдениятты раўажландырыў және тынышлықты беккемлеў болып есапланады.
1995-жылы 26-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылған еди. Оған бола, бул ҳүжжет Өзбекстандағы тарийхый естеликлерди халықаралық көлемде тән алыў, билимлендириў, илим ҳәм мәденият бағдарларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, Мәдений мийрасты сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўда глобал көзқарасты тәмийинлеў ҳәм биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўға тийкар болды.
Соның ишинде, бул бирге ислесиў нәтийжесинде Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы қалалар ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасының дизимине киргизилди. ЮНЕСКОның жәрдеминде Өзбекстанда көплеген тарийхый естеликлер реставрацияланды, илимий экспедициялар өткерилди, билимлендириў жойбарлары жолға қойылды.
Бул болса Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигинде исенимли қәдемлер менен өзиниң тарийхый мийрасына болған ҳүрметиниң үлгиси болып қалды.
А.РУСТАМОВ, ӨзАның хабаршысы