500 орынлық жаңа студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жаңадан заманагөй типте ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылған студентлер турақ жайының пайдаланыўға тапсырылыўына арналған салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бойынша жумыслар жаңа басқышларға көтерилмекте.



Жаңадан пайдаланыўға тапсырылған студентлер турақ жайының қурылыўы да мине, усы бағдардағы ийгиликли ислерден болып, заманагөй архитектуралық стандартлар тийкарында қурылған объект улыўма 500 студентти өзинде қамтыў имканиятына ийе ҳәм онда жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги