Өзбекстан – Иордания қатнасықларында жаңа дәўир басланбақта

150

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн 25-август күни мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизге келди.

Өзбекстан Республикасы менен Иордания Ҳошиймилер Патшалығы арасында дипломатиялық қатнасықлар 1993-жылдың февраль айында орнатылған. 1994-жылдың июнь айында Ташкентте Иордания елшиханасы өз жумысын баслаған. Ҳәзирде резиденциясы Ар-Риёдта болған Өзбекстан елшиси  бир ўақыттың өзинде Амманда аккредитациядан өткен.

Соңғы жылларда еки тәреплеме  қатнасықлар жаңа пәтке ийе болды. Тәреплер өз-ара пайдалы  әҳмийетли потенциалға сүйенген ҳалда бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм тереңлестириў тилегин билдирмекте. Усы жылы дипломатиялық паспорт ийелери ушын виза  режимин бийкар етиў ҳаққындағы келисим, сондай-ақ, Сыртқы ислер министрликлери арасында 2025-2027-жылларға  мөлшерленген биргеликтеги  бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылғаны итибарлы. Бул қәдемлер өз-ара қатнасықларды избе-из даўам еттириў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етпекте.

Өзбекстанның Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа халықаралық структуралар сыяқлы көп тәреплеме форматтағы қатнасығы Өзбекстан-Иордания қатнасықларын тереңлестириў ушын қосымша платформа жаратпақта.

Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы товар алмасыў көлеми 2024-жылы дерлик 4,6 миллион АҚШ доллар қурады. Усы жылдың биринши ярымында болса бул көрсеткиш  4,3 миллион доллар болғаны саўда-экономикалық қатнасықлар кеңейип атырғанын  көрсетеди. Мәмлекетимиз  Иорданияға мыс, кептирилген мийўе, ғоза ҳәм тоқымашылық өнимлерин экспорт етпекте. Иорданиядан әмелге асырылып атырған  импорт қурамында болса фармацевтика, химия өнимлери, әсбап-үскене ҳәм машиналар салмақлы болмақта.

Еки мәмлекет инвестиция, санаат ҳәм саўда министрлери арасындағы 2025-жылдағы сөйлесиўлер бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенлигин тастыйықлады. Товарлардың мәмлекетлеримиздиң базарларына шығыўын әпиўайыластыратуғын жеңилликли саўда келисимине қол қойыў, таў-кән санааты, соның ишинде, фосфатлар, мыс ҳәм басқа пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў тараўында бирге ислесиўди  раўажландырыў, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санаатындағы қатнасықларды  беккемлеў, фармацевтика, тоқымашылық, жеңил санаат ҳәм санлы экономика тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли бағдарлар қатарына  киреди.

Иордания Патшасының Өзбекстанға жоқары дәрежедеги сапары  мәмлекетлеримиз арасындағы еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларын жаңа басқышта даўам еттириў ушын имканият жарататуғыны күтилмекте. Бул өз-ара товар ламасыў көлемин  арттырыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм гуманитарлық қатнасықларды беккемлеўге хызмет етиўи менен әҳмийетли болатуғыны гүмансыз.

Самарқанд қаласы аэропортында Иордания Ҳошимийлер Патшалығы Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайнды Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев күтип алды.

Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди,  ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Миллий нама-қосық ҳәм аяқ ойынлардан ибарат  салтанатлы мәресим болып өтти.

Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  пенен бирге ески Самарқанд қаласының уллы тарийхый естеликлери менен танысты.

Мәмлекет басшылары алдын Шоҳи Зинда комплексине барды.

Бул  естелик орны Пайғамбарымыз Муҳаммед әлейҳисаламның саҳабаларынан бири Қусам ибн Аббас ҳәм басқа ғайраткерлердиң  мақбараларынан қурылған. Комплекстиң тарийхый, мәдений ҳәм көркем әҳмийети сонда, ол архитектуралық ҳәм безеў  өнериниң бир неше әсир даўамындағы раўажланыўын көрсетеди. Шоҳи Зинда 2001-жылы ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген.

Рәсмий түрде Пайғамбарымыз Мухаммед әлейхиссаламның қызы Фатима ҳәм өмирлик жолдасы  Али ибн Абу Талибтиң әўладлары есапланған Ҳошимийлер династиясының ўәкили болған Иордания Патшасы Қусам ибн Аббас естелигине ҳүрмет көрсетти. Қуран оқылды.

Әмир Темур мақбарасын зыяратлаў ўақтында Иордания делегациясына уллы бабамыздың мәмлекетшилик сиясаты, әскерий шеберлиги, түрли мәмлекетлер менен дипломатиялық байланыслары ҳаққында айтып берилди. Саҳыпқыранның өмири ҳәм жумысы, ол дүзген мәмлекет өз дәўириниң ең үлкен мәмлекети болғаны мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Мәмлекет басшылары Мырза Улығбек, Шердор ҳәм Тиллакори медреселеринен ибарат Регистан комплексинде де болды. Бул естеликлер әсирлер даўамында илим орайы болған, жүзлеген илимпаз ҳәм изертлеўшилерди жетилистирген. Өзиниң толық жайласыўы ҳәм үйлесимлилиги себепли Регистан ҳақылы түрде Самарқандтың “мирәт қағазы” есапланады.

Танысыў ўақтында жоқары мәртебели мийманға бул имаратлардың қурылыў тарийхы ҳәм нағысларының өзине тән тәреплери, майданда алып барылған реставрация жумыслары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Буннан соң Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Самарқанд халықаралық туризм орайындағы “Мәңги қала” тарийхый-этнографиялық комплексин барып көрди.

Жоқары мәртебели мийман халқымыздың бай мәдений мийрасы өнерментшилик ҳәм әмелий көркем өнерин көрсетиўши көргизбелерди тамаша етти. Аяқ ойыны топарларының шығыўлары көрсетилди.

Бул жерде халқымыздың уллы өтмишиниң символлары топланған, тарийхый  қалаларымыздағы  дыққатқа ийе жерлердиң нусқалары қурылған. Миллий дәстүрлеримиз бенен бирге дос халықлар менен қатнасықлар тарийхы да  көрсетилген. Бундай мәнис-мазмун, тарийх ҳәм бүгинги күн  үйлесимлиги мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Өзбекстан- Иордания саммитиниң тийкарғы илажлары, соның ишинде, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер 26-август күни болып өтеди.

 

 

Зиёдилла ЖОНИБЕКОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзА