Сирия ҳәм Израиль АҚШ жәрдеминде қәўипсизлик шәртнамасына қол қояды

Саудияның “The Independent Arabia” басылымы Дамасктағы жоқары мәртебели дәреклерге сүйенип, Сирия ҳәм Израиль 25-сентябрь күни АҚШтың қатнасыўында қәўипсизлик шәртнамасына қол қойыўды режелестирип атырғаны ҳаққында жазды. Мәресимде Президент Дональд Трамп қатнасыўы күтилмекте.
Басылымның жазыўынша, илаждан бир күн алдын Сирия жетекшиси Аш-Шара Нью-Йоркта БМШ Бас ассамблеясында шығып сөйлейди.
– Шәртнамаға қол қойылыўы толық тынышлық орнатылыўын аңлатпайды, – делинеди хабарда. – Бул еки мәмлекет арасындағы кескинликти азайтыўға қаратылған, тек шекленген қәўипсизлик илажын нәзерде тутатуғын ҳүжжет ғана.
Израиль бул билдириўге еле рәсмий түсиник бермеген. Егер мағлыўмат тастыйықланса, бул 1948-жылдан берли рәсмий түрде урыс жағдайында қалып атырған Израиль ҳәм Сирия қатнасықларында мисли көрилмеген қәдем болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги