Телекоммуникацияларын тәртипке салыў агентлиги шөлкемлестириледи
172

Президенттиң “Телекоммуникациялар тараўында тәртипке салыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-142-санлы пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола, Телекоммуникацияларды тәртипке салыў агентлиги шөлкемлестириледи.
Агентлик оператор ҳәм провайдерлер тәрепинен көрсетилип атырған хызметлер сапасының белгиленген талапларға муўапықлығын тастыйықланған режеге муўапық ҳәр айда кеминде 1 мәрте мониторинг етип барады.
Агентлик қаржылай ҳәм структуралық жақтан ҳәм ўәкиллиги шеңберинде қарар қабыл етиўде еркин есапланады ҳәм өз жумысында Министрлер Кабинетине есап береди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги