Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм өндирис ҳәм социаллық-экономикалық тараўлар хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимизде кең көлемли реформаларды табыслы әмелге асырыў, елимиздиң экономикалық раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, Жаңа Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырай-мәртебесин арттырыўға қосқан мүнәсип үлеси, алдыңғы инновациялық технологияларды әмелиятқа енгизиў, заманагөй өндирис қуўатлықларын жаратыў, аймақлардың инфраструктурасын жедел раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, жәмийетимизде социаллық-руўхый турақлылықты сақлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумысы және жәмийетлик жумысларға белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша
“Эл-юрт ҳурмати” ордени менен
Айымбетова Гулхатша Аймановна – “Айқулаш” қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң вокал артисти
“Дўстлик” ордени менен
Нарымбетов Юлдаш Ибрагимович – Беруний районындағы жеке қыйтақ жер ийеси
Сейтеков Турғанбай Берданович – Нөкис районы жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик мәкемеси асфальт төсеў машинасының айдаўшысы
“Жасорат” медалы менен
Шарипов Максуд Кенжаевич – Елликқала районындағы автомобильлерди оңлаў устасы
«Шуҳрат» медалы менен
(100 жастан асқанлар)
Зарипова Наржан – Беруний районы
«Шуҳрат» медалы менен
Магзамов Азамат Парахатович – Кегейли районы «Жузим бағ» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси
Сулайманова Гулсима Бахитжановна – Мойнақ районындағы «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйынының баслығы
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш. Мирзиёев