Судлар жумысында жасалма интеллект технологиялары енгизиледи

146

Президент Пәрманы (ПП-140-санлы)на муўапық, судлар жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм санластырыў  процесслерин жеделлестириўдиң тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:

– суд ислерин жүргизиўде қағаз түринен ўаз кешиў мақсетинде «Санлы суд» концепциясы тийкарында ислердиң жүргизилиўин басқышпа-басқыш толық электрон түрге өткериў;

– судлар жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ушын зәрүр техникалық инфраструктура жаратыў;

-Жоқары судтың мәлимлеме системалары негизинде суд ҳүжжетлериниң архиви модулин ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў;

– судлар жумысын санластырыў бойынша «Кибер ҳуқық» бағдарында илимий изертлеўлер өткериў, сондай-ақ, судьялар ҳәм суд хызметкерлериниң санлы саўатлылығын ҳәм маманлығын бәрқулла арттырып барыў.

«Санлы суд» концепциясын әмелге асырыў шеңберинде:

– судқа арза бериўден алдын жасалма интеллект жәрдеминде суд  додалаўнының шама менен нәтийжеси ҳәм  жумсалатуғын қәрежетлер қәлиплестириледи;

– мүрәжатлар судқа электрон түрде жибериледи;

– суд ҳүжжетлериниң жойбарлары автомат түрде қәлиплестириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги