“Ең уллы, ең әзиз” – ғәрезсизликтиң 34 жыллығына бағышланған таңлаў көргизбеси ашылды

Ташкент фотосүўретлер үйинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизилигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен “Ең уллы, ең әзиз” дәстүрий таңлаўының сүўретлеў көркем-өнери, фото ҳәм дизайн бағдарлары бойынша республикалық басқышы шеңбериндеги көргизбениң ашылыў мәресими болып өтти.
Бул илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 10-июльдеги “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди ҳәм елимизде ғәрезсизлик байрамын кеңнен белгилеўге бағышланған әҳмийетли мәдений- ағартыўшылық ўақыялардан бири болды.

Таңлаўда 40 автор 410 нан аслам шығарма менен қатнасты. Төрешилер ағзалары тәрепинен ҳәр бир шығарма терең үйренилип, ең жақсы жумыслардан көргизбе шөлкемлестирилди.
Көргизбе экспозициясында сүўретлеў көркем өнери, фотография ҳәм дизайн бағдарында жаратылған шығармалар көрсетилип, онда ғәрезсизликтиң мазмун-мәниси, миллий қәдириятларымыз, халқымыздың дөретиўшилик ҳәм мийнет сүйгишлик руўхы жоқары көркемлик дәрежеде сәўлелендирилди.
– Ғәрезсизлик – халқымыздың ең уллы қәдирияты, миллий өзликти аңлаў ҳәм келешекке исеним менен қараў дәреги, – деди Өзбекстан Көркем өнер академиясының баслығы Акмал Нур. – Ҳәр бир дөретиўши өз шығармасы арқалы ғәрезсизликти, Ўатанға болған муҳаббатты, миллий мақтаныш ҳәм қәдириятларды көркемлик жақтан сәўлелендирмекте. Бул – көркем өнер арқалы ғәрезсизликти улығлаўдың айқын көриниси.

Ғәрезсизлик халқымызға жаңаланыў, раўажланыў ҳәм дөретиўшилик жолын ашып берди. Бүгин “Өзбекстан – 2030” стратегиясы тийкарында әмелге асырылып атырған реформалар, пуқаралық жәмийетиниң беккемлениўи, халқымыздың руўхый раўажланыўы ғәрезсизлик себепли жүзеге шықпақта.

Бул көргизбе көркем өнер арқалы ғәрезсизлик идеясын терең талқылап, жәмийетимиздиң эстетикалық ой-пикирин байытады, Ўатанға муҳаббат, миллий мақтаныш ҳәм дөретиўшилик руўхын және де жоқарылатады.
“Ең уллы, ең әзиз” таңлаўы дөретиўшилеримиздиң жоқары шеберлиги, жаңа көркем излениўлери ҳәм ғәрезсизлик жылларында ерисилген жетискенликлерди көркем өнер тилинде көрсетиўге хызмет етпекте.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзА