Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығы мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимиз Қураллы Күшлериниң жаўынгерлик таярлығын арттырыўдағы айрықша хызметлери, миллий мәплеримизди қорғаў, нызам үстинлигин ҳәм тынышлықты тәмийинлеў, турақлылық ҳәм жәмийетлик тәртипти беккемлеў бағдарындағы мақтанышлы ўазыйпасын орынлаў ўақтында мәртлик, ерлик ҳәм пидайылық көрсеткени, тараўда жоқары маман кадрларды таярлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў жолындағы көп жыллық нәтийжели мийнети ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
“Содиқ хизматлари учун” медалы менен
| 1. | Сабиров Ажибай Махаметсалиевич | – | Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги бөлим баслығы |
“Шуҳрат” медалы менен
| 2. | Атаханов Дастан Кадирбаевич | – | Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Нөкис қаласы айрықша жағдайлар бөлиминиң инструктор-қутқарыўшысы |
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 24-август