Халықаралық заманагөй көркем өнер биенналеси мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаўға да хызмет етеди

123

Жаңа қарар

Президенттиң “Халықаралық заманагөй көркем өнер биенналесин жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққында”ғы қарарына бола, биринши Бухара биенналесинде 14 мәдений мийрас объекти көргизбе ҳәм илажлар, билимлендириў ҳәм изертлеў, дөретиўшилик ҳәм өндирис процесслери үйлескен креатив кластерге айландырылады.

Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте бул әнжуман шеңберинде 70 тен аслам заманагөй жойбарлар таныстырылады, олардың ҳәр бири Орайлық Азия ҳәм пүткил дүньядан келетуғын жергиликли уста ҳәм художниклер менен биргеликте жойбарластырылған.

Ҳүжжетке муўапық, дүньяға белгили уста-дөретиўшилер тәрепинен 60 тан аслам арт объект, соның ишинде, инсталляциялар жаратыў, олардан биеннале өткерилетуғын орынды көркемлеп безеўде пайдаланыў ҳәм олардың ең мүнәсиплерин дүнья бойлап көргизбелерде көрсетиў де белгиленген.

 

Буннан тысқары, биеннале ҳаққында ҳүжжетли фильм жаратыў, сондай-ақ, оннан пайдаланып мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаўға да айрықша итибар қаратылады.

Ҳәр бир тамашагөй илажлар дүркининде қатнасып, Өзбекстанның бай мәдений мийрасы, қәдириятлары, ески-тарийхый қалалары ҳаққында көбирек мағлыўматлар алады. Бул әлбетте, туристлердиң елимизге болған қызығыўшылығын және де арттырады.

Қарарда белгиленгениндей, биеннале арнаўлы билимлендириў бағдарламасы тийкарында халықаралық дәрежедеги кураторларды таярлаў ҳәм дүньяның жетекши көркем өнер майданларында Өзбекстанныӊ атынан қатнасыўын тәмийинлеўге де хызмет етеди.

Беҳруз Худойбердиев,

ӨзАның хабаршысы