Мәмлекетимизде ярым жыл даўамында неше исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди?

Елимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў процесслери избе-из даўам етпекте. Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың биринши ярымында республикамызда 47 мың 796 киши исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилген. Бул санлар мәмлекетте бизнес жүргизиў имканиятларының кеңейип атырғанынан дәрек береди.
Саўда тараўы исбилерменликте кең тарқалған бағдарлардан бири болып есапланады ҳәм онда 17 мың 587 киши исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилген. Бундай жумыс түрлери арасында усақлап сатыў ҳәм көтере саўда, автотранспорт қураллары менен саўда ислеў сыяқлы бағдарлар бар.
Аўыл хожалығы ҳәм балықшылық бойынша 6 мың 183 киши исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди. Бул тараў экономикада әҳмийетли орынға ийе болып, әсиресе, аўыллық жерлерде жасайтуғын халық ушын тийкарғы мийнет ҳәм дәрамат дәреги болып есапланады. Аўыл хожалығында киши кәрханалар тийкарынан ыссыхана, шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылық пенен шуғылланбақта.
Санаат тараўы Өзбекстанда избе-из раўажланып атырған стратегиялық тараўлардан бири болып, онда 2025-жылдың 1-шереги есабында 6 мың 189 кәрхана өз жумысын жүргизип келмекте. Киши санаат субъектлери тийкарынан қайта ислеў санааты, өнерментшилик, тоқымашылық, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў сыяқлы бағдарларда жумыс алып бармақта.
Жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер тараўында 4 мың 234 киши бизнес субъектиниң шөлкемлестирилиўи өз-өзинен туризм тараўының раўажланыўы менен тығыз байланыслы. Бул тараўда мийманханалар, кафе, ресторанлар ҳәм басқа да хызметлер жумыс алып бармақта. Халықтың турмыс дәрежеси артқан сайын хызметлер тараўы да кеңеймекте.
Қурылыс тараўында 2 мың 680 киши исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди. Оңлаў ҳәм қурылыс жумысларына болған талап ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў бул тараўдағы ири жойбарлардың ислеп шығылыўына себеп болмақта.
Санлы экономикаға өтиў менен бирге мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында 1 мың 763 киши бизнес субъекти шөлкемлестирилди. IT ҳәм мобиль қосымшалар жаратыўды хошаметлеў шеңберинде бул реформалар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимизде экспорт тараўының жылдан-жылға раўажланып атырғаны ҳәм онда логистика ҳәм жеткерип бериў хызметлерине талап артып атырғаны усы тараў исбилерменлери ушын имканиятлар жаратпақта. Электрон коммерцияның кеңейиўи бул тараўға жаңа имканиятлар алып келди. Келтирилген статистикада 1 мың 512 киши исбилерменлик субъектиниң шөлкемлестирилгени де тараўда алып барылып атырған кең көлемли жумыслардан дәрек береди.
Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызмет көрсетиў тараўында 989 киши исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди. Жеке меншик клиникалар, стоматология хызметлери сыяқлы бағдарлар халық арасында талапқа ийе болып, оларды киши бизнес ўәкиллери табыслы раўажландырмақта.
Усы сыяқлы басқа да тараўларда да 6 мың 659 киши исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилген болып, оларға билимлендириў, консальтинг, көркем өнер ҳәм мәденият сыяқлы бағдарлар киреди.
Киши бизнес субъектлериниң экономикадағы роли барған сайын артып бармақта. Ең көп жумыс алып барып атырған тараўлар – саўда, аўыл хожалығы, санаат ҳәм хызмет көрсетиў бүгинги экономикалық шараятта ең қолайлы кириў есиклерине ийе болған бағдарлар болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта инновациялық ҳәм технологиялық тараўларда да өсиў пәтлери бақланбақта. Бул болса келешекте санлы экономиканың раўажланыўында айрықша әҳмийетке ийе болады.
Дилдора ДЎСМАТОВА
ӨзА