Өзбекстан мәжбүрий орынлаў системасы, тараўдың санластырылғаны жоқары баҳаланды

Қырғыз Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Суд ҳүжжетлерин орынлаў ҳәм оның үстинен қадағалаў структурасының ўәкиллери елимизге келди.
Сапар етиўден мақсет Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Қырғыз Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Суд орынлаўшылары хызмети арасында еки тәреплеме қатнасықларды ҳәм еки мәмлекеттиң мәжбүрий орынлаў хызметлери арасында бирге ислесиўди жолға қойыўдан ибарат.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросының жуўапкер хызметкерлери делегация ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
Онда делегация ағзаларына Өзбекстан Республикасының мәжбүрий орынлаў системасында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Буннан соң мийманлар Мәжбүрий орынлаў бюросының Яшнабад районлық бөлимине барып, ол жерде мәмлекетлик орынлаўшылардың жумысы, системаға енгизилген санластырыў процесслери менен жақыннан танысты.
Қырғыз Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Суд ҳүжжетлерин орынлаў ҳәм оныӊ үстинен қадағалаў бөлиминиң баслығы К.Масалбекова ҳәм делегация қатнасыўшылары орынлаў ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, сондай-ақ, процесслерди санластырыў себепли ерисилип атырған нәтийжелерди жоқары баҳалады.
Мийманлар Ҳуқық қорғаў академиясында болып, билимлендириў тараўында әмелге асырылған институционаллық өзгерислер, академияның тарийхы ҳәм жумысы, кибержынаятларды ашыўда ерисилген жетискенликлер, билим алыўшылардың әмелий көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған оқыў процеси менен жақыннан танысты.
Делегация ўәкиллери елимизде мүлклерди “Е-Auksion” электрон онлайн-саўдалары арқалы сатыў бойынша әмелге асырылып атырған алдынғы тәжирийбе менен де жақыннан танысты.
Н.Абдураимова,
ӨзА