Ақ үйде тарийхый саммит. Украина келешегин додалаў: Трамп, Зеленский ҳәм Европа жетекшилери

2025-жыл 18-август күни Ақ үйде АҚШ президенти Дональд Трамп, Украина президенти Владимир Зеленский ҳәм Европа жетекши мәмлекетлериниң басшылары қатнасыўында Украина, қәўипсизлик кепилликлери ҳәм тынышлық сөйлесиўлериниң перспективаларына байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды. Бул ушырасыўды Трамп “1877-жылдан берли ең әҳмийетли саммит” деп атады.
ӨзА ўақыялар хронологиясын усынады.
Саммит Трамп ҳәм Зеленскийдиң шығыўы менен басланды. Олар еки тәреплеме сөйлесиўден Ақ үйдиң дәстүрий Овал офисинде емес, ал банкет залында Европа жетекшилери менен кеңейтилген ушырасыўға өтти.
Трамп Зеленский менен сөйлесиўлерди “жүдә табыслы” деп атады ҳәм Россия президенти Владимир Путин менен телефон арқалы үш тәреплеме ушырасыўды додалаў нийетин билдирди.
Буннан соң, жанлы эфирде көрсетилген ушырасыўда Германия канцлери Фридрих Мерц, Франция президенти Эммануэль Макрон, Уллы Британия бас министри Кир Стармер, Италия бас министри Жоржия Мелони, Финляндия президенти Александр Стубб, НАТОның бас хаткери Марк Рютте ҳәм Европа комиссиясы президенти Урсула фон дер Ляйен қатнасты.
Трамп тынышлық келисиминиң жақын келешекте әмелге асыўы мүмкин екенин айтты: “Путин Украина қәўипсизлигине кепиллик бериўге разы. Бул ең тийкарғы мәселе. Енди ким не менен шуғылланатуғыны додаланыўы керек”, деди ол.
Зеленский де өз кәсиплеси Трамп пенен сәўбетти “жүдә жақсы” деп баҳалады ҳәм Украина балалары мәселеси бойынша Мелания Трамптың Путинге жоллаған хаты ушын миннетдаршылық билдирди. Ол үш тәреплеме ушырасыўда “қәўипсизлик кепилликлери ҳәм гуманитарлық мәселелер додаланады” деп атап өтти.
Буннан соң, Зеленский “аймақлық мәселелер де үш тәреплеме ушырасыўда көтериледи” деп тастыйықлады.
НАТО бас хаткери Марк Рютте Украина ушын қәўипсизлик кепилликлерин “ең әҳмийетли мәселе” сыпатында атап өтип, НАТО оларды тәмийинлеўге таяр екенин билдирди. Урсула фон дер Ляйен де қәўипсизлик кепилликлериниң НАТО Уставының 5-статьясына уқсас болыўы зәрүрлигин атап өтти.
Германия канцлери Фридрих Мерц: “Тынышлық жолын Дональд Трамп ашты, бирақ кейинги қәдемлер қыйын болады”, деди. Ол “атыспалар тоқтатылмай турып сөйлесиўлер басланбайды” деп қосымша етти.
Буған жуўап ретинде АҚШ президенти: “Россия ҳәм Украина президентлерине тиккелей сөйлесиў имканиятын бериў керек. Усы жол менен атыспаларды тоқтатыў мүмкин бе, көриў лазым” екенин айтты.
Италия бас министри Жоржия Мелони: “Трамп себепли Россия тәрепинен сөйлесиўге таярлықты көрдик. Европалылар Украина тәрепинде”, деди.
Франция президенти Эммануэль Макрон болса: “Кейинги ушырасыў үш тәреплеме болыўы шәрт. Оның ушын ўақтынша оқ атыўларды тоқтатыў, Украина армиясын узақ жылларға турақлы қурыў зәрүрлигин атап өтти”. Сондай-ақ, Макрон “Тек ғана Украина емес, Европа ушын да қәўипсизлик кепилликлери зәрүр” екенин қосымша етти. Ол төрт тәреплеме ушырасыў өткериўди усыныс етти.
Трамп бул саммиттиң тарийхый әҳмийетин атап өтип: “Ақ үйде бундай ири ушырасыў 1877-жылдан берли болмағанын” мәлим етти.
Буннан соң, Финляндия президенти Александр Стубб: “Биз 1944-жылы шешим таптық, ҳәзир де табамыз”, деп, Финляндияның Россия менен узын шегарасын еске алды. Трамп ашық сөйлесиўлерди жуўмақлап: “Шешилмейтуғын мәселе жоқ. Путин де жуўап табыўды қәлейди. Егер еки тәреп қәлесе, келисимге ерисиўи мүмкин. Бәлким келисим дүзилмес, бәлким дүзилер”, деп атап өтти.
Саммиттиң соңғы жуўмағына бола, Трамп Украина ушын “жүдә жақсы қорғаныў” кепилликлерин бериўди ўәде етти – бул Европа мәмлекетлери тәрепинен, АҚШ пенен келисилген ҳалда әмелге асырылады. Соның менен бирге, Ақ үй ушырасыўында Украинаға узақ мүддетли ҳәм турақлы әскерий жәрдем көрсетиў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Байден администрациясы ҳәм Европа жетекшилери Киевке ҳаўа қорғаныўы, артиллерия снарядлары ҳәм экономикалық қоллап-қуўатлаўды даўам еттиретуғынын тастыйықлады.
Сондай-ақ, саммит қатнасыўшылары Россияға қарсы санкциялар күшейтилетуғынын, әсиресе, әскерий технологиялар ҳәм финанслық операцияларға шеклеўлер қойылатуғынын мәлим етти. Бир қатар Европа мәмлекетлери Трамп усыныс еткен “биргеликтеги қәўипсизлик кепилликлери” форматына қосылыў нийетин билдирди.
Саммит жуўмақларына бола, еки тийкарғы бағдарда келисимге ерисилди. Бириншиси, әскерий ҳәм экономикалық жақтан Украинаны қоллап-қуўатлаўды үзликсиз даўам еттириў. Екиншиси, НАТО ҳәм еки тәреплеме келисимлер арқалы Европа-АҚШ қәўипсизлик бирге ислесиўин беккемлеў.
Усының менен саммит Киев ушын узақ мүддетли кепилликлер бойынша жаңа басқышты баслап берди ҳәм Европа ҳәм Америка биргеликте ҳәрекет ететуғынын және бир мәрте көрсетти.
ӨзА