Исбилерменлерден салық ҳәкимшилиги бойынша орынлы сораўлар түспекте

Бул ҳаққында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде атап өтилди.
Ашық сөйлесиўлерди өткериў басланғанында тийкарғы мүрәжатлар салық ставкаларын түсириў менен байланыслы болатуғын еди.
Тараўда үлкен өзгерислер исленди. Буны халық ҳәм исбилерменлер арасында өткерилген сораўлар нәтийжеси де тастыйықлап атыр: олардың 79 проценти кейинги бес жылда бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша шараят сезилерли дәрежеде жақсыланғанын айтқан.
Бирақ исбилерменлерден салық ҳәкимшилиги бойынша орынлы сораўлар түспекте.
Әмелдеги тәртипке бола, жыллық айланысы 10 миллиард сумнан асқан кәрханалар пайда салығы бойынша аванс төлегени ушын айланыс қаржыдан қыйыншылық жүзеге келмекте.
Соның ушын, енди бул тәртип тек ғана жылына 50 миллиард сумнан жоқары айланыс ислейтуғын кәрханалар ушын әмел ететуғыны жәрияланды.
Нәтийжеде 19 мыңға шамалас исбилерменниң ықтыярында қосымша 2 триллион сумлық айланыс қаржы қалады.
ӨзА