Алтернатив скоринг модели иске қосылып, кредит бериў шәртлери әпиўайыластырылады

211

Скоринг системасы әпиўайыластырылғаны ушын 100 мыңға шамалас исбилермен банктен жаңа кредит алып, жумысын кеңейтти.

Ҳәзирде кредит тарийхы “орташа,” бирақ азғана жәрдем берилсе, тез өсиў имканиятына ийе және 500 мың қарыйдар бар.

Енди кредит бериўде скоринг системасы салық ҳәм коммуналлық төлем интизамы, рәсмий айланысы, экспорт операциялары сыяқлы мағлыўматларды да есапқа алады.

Келеси жылдан альтернатив скоринг модели иске қосылып, кредит бериў шәртлери әпиўайыластырылады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

ӨзА