Финтех-стартапларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бес жыллық стратегия қабыл етиледи

180

IT, финтех ҳәм стартапларға кеңнен жол ашылғаны нәтийжесинде маркетплейслер саны үш жыл ишинде 24 тен 163 ке көбейди.

Исбилермен ҳәм өнерментлер өз өнимлерин санлы платформалар арқалы экспорт етиўге үйренди. Олар дәстүрий экспорттағы сыяқлы миллий ҳәм сырт ел маркетплейслеринде шетке сатқан товары ушын ҚҚСты қайтарыўды сораған.

Жуўапкерлерге оның тәртибин тастыйықлап, әмелиятқа енгизиў тапсырылды.

Улыўма, финтех-стартапларды көбейтиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бес жыллық стратегия қабыл етиледи. Санлы қаржы хызметлерди көбейтиў ушын банклер, финтех компаниялар ҳәм стартаплар арасында көпир болатуғын жаңа экосистема – “ашық банкинг” енгизиледи.

Булардың есабынан жақын жылларда стартап жойбарларға киргизилип атырған инвестициялардың көлеми ҳәзиргиден 10 есеге артады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

ӨзА