Мәмлекетлик объектлер ҳәм жер участкалары жыллық ижара баҳасын индекслеў инфляция дәрежесинен асырылмайды

164

Бул ҳаққында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде атап өтилди.

Он алты районды жедел раўажландырыўға быйыл жәми 1,1 триллион сум ажыратылды. Бундай қатнасларды Жәҳән банки де тән алып, 250 миллион доллар бермекте.

Келеси жылы және 500 миллион доллар есабынан 30 районда усындай жумыслар әмелге асырылады. Бул санаат, сервис, қурылыс тараўларындағы исбилерменлерге үлкен имканият, жүз мыңлаған жумыс орынларын жаратыў ушын шараят болады.

Бизнес ўәкиллеринде қосымша орын алыўға мүтәжлик бар. Бирақ ижара баҳасы, шәртиниң тез өзгерип атырғаны олардың келешектеги режелерине тәсир етпекте.

Ендигиден былай мәмлекетлик объектлер ҳәм жер участкалары жыллық ижара баҳасын индекслеў инфляция дәрежесинен асырылмайды.

Келеси жылдан мәмлекетлик активлер бес жылға ижараға бериледи. Егер ижараға алыўшы өзи қәлесе ямаса миннетлемесин орынламаса ғана шәртнама бийкар болады.

1991-жылы қабыл етилген “Ижара ҳаққында”ғы нызам тийкарынан мәмлекетлик уйымлардың мәпин қорғаўға қаратылғаны атап өтилди. Сол себепли ижараға бериўши ҳәм ижараға алыўшының ҳуқықларын бирдей қорғайтуғын жаңа редакциядағы нызам ислеп шығылады.

ӨзА