Төрт ўәлаят аймағында мастер-реже тийкарында “жыл 12 ай” хызмет көрсететуғын 300-500 гектарлық ири курорт зоналары шөлкемлестириледи

Әмелдеги тәртипке бола, шаңарақлық мийман үйлери туристлерди қабыл етиў бойынша күнлик норма 10 адамнан артпаўы белгиленген. Енди бул шеклеў еки есеге көбейтиледи.
Президентимиз жергиликли мийманханалар, шаңарақлық мийман үйлери арасында таңлаў өткериўди усыныс етти.
Таңлаўдың сыйлық қоры 1 миллион доллар болады, туристлердиң итибарына ерискен, абырайлы халықаралық платформаларда ең көп унамлы тән алынған мийманханалар ҳәр жылы сыйлықланады.
Қайсы аймақта инфраструктура жақсы болса, сол жер исбилерменлерди өзине тартады, сервис гүрлеп раўажланады.
Сол себепли, инфраструктура алып барыў арқалы ири туристлик орынлары көбейтиледи. Чартақтың Қарабағ мәҳәллеси, Ферғананың Чимён, Байсындағы Аманхана, Нурабадтағы Нурбулақ посёлкасында мастер-реже тийкарында “жыл 12 ай” хызмет көрсететуғын 300-500 гектарлық ири курорт зоналары шөлкемлестириледи.
Бул жойбарлардыӊ инфраструктурасы ушын 150 миллион доллар бериледи.
ӨзА