Тоқымашылықта “исенимли экспортшы” бағдарламасы басланып, экспорт алды қаржыландырыў системасы жолға қойылады

164

Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

Өткен ҳәптеде 200 ден аслам тоқымашылық кәрханаларының ўәкиллери менен ушырасып, тараўды қоллап-қуўатлаў бойынша 7 триллион сумлық басламалар жәрияланды.

Жақын күнлерде тоқымашылықта “исенимли экспортшы” бағдарламасы басланып, экспорт алды қаржыландырыў системасы жолға қойылады ҳәм оның ушын 200 миллион доллар қаратылады.

Бул электротехника, қурылыс материаллары, азық-аўқат, фармацевтика сыяқлы экспорт потенциалы жоқары, бирақ имканиятлары толық иске қосылмаған тараўлар ушын да енгизиледи.

Бул тараўлардағы исбилерменлердиң айланыс қаржысы ушын 500 миллион доллар бериледи.

Ҳәр бир тармақтың сапасы кепилленген, бәсекиге шыдамлы 10 өнимине “Өзбекстан белгиси” сапа белгисин берип, оларды дүньяға танытыў ушын үлкен үгит-нәсиятлаў кампаниясы басланады..

ӨзА