Киши кәрханалар жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, үлкен компаниялар менен бәсекилесе баслады

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Өткен дәўирде мыңлаған микро ҳәм киши кәрханалар қысқа мүддет ишинде жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, үлкен-үлкен компаниялар менен бәсекилесе баслады.
Мәселен, 1 мың 600 микро кәрхана бир жыл ишинде айланысын 10 миллиард сумнан асырып, бирден орта кәрханаға, 143 и болса 100 миллиард сумнан асырып, ири кәрханаға айланды. Және 122 киши кәрхана ири бизнес қатарына қосылды.
Өткен жылы айланысы 1 триллион сумнан асқан 203 кәрхана бар еди. Усы жылдың өткен алты айында оларға қосымша және 47 кәрхана 400-500 миллиард сумлық шекти ийеледи.
Бизнести саядан шығарыў бойынша жаңа механизмлер көбейтилгени есабынан 139 мың кәрханада жумыс орынлары 811 мыңға көбейди, 273 мың кәрхана мийнет ҳақы фондын 22 процентке ямаса 4,6 триллион сумға арттырды.
Өткен жылы жеке меншик секторда орташа айлық 4 миллион сумды қураған болса, бүгинги күнде 5 миллион сумға шамаласты.
ӨзА