Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық форматтағы сөйлесиўи басланды

– Бүгин мақтаныш пенен айта аламыз, елимизде жаратылып атырған ҳәр бир жумыс орны, бой тиклеп атырған ҳәр бир кәрхана, халқымыздың аўырын жеңиллетип атырған ҳәр бир хызмет, экспорт болып атырған ҳәр бир өним – сизлердиң мәртлик пенен ислеп атырған мийнетиңиз, баслама ҳәм излениўиңиздиң жемиси, – деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында.
Бүгинги илаж тек ғана әнжуман емес, мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы өз-ара исенимди беккемлеўге хызмет ететуғын жанлы ҳәм шын кеўилден пикирлесиў майданы екени атап өтилди.
– Ҳәр бир тараў, ҳәр бир аймақ, ҳәр бир мәҳәлле – тек ғана исбилермен ҳәрекет еткенде, оларға қулақ салып, исеним билдирилгенде раўажланады, абат болады.
Сол себепли, бүгин сизлерди тыңлаймыз. Сизиң даўысыңыз арқалы шешилетуғын мәселелерди биргеликте додалап, оларға анық шешимлер ҳаққында келисип аламыз, – деди Президент.
ӨзА