Рсалиев Арман Турдибековичтиң педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын қорғаўы ҳаққында

Рсалиев Арман Турдибековичтиң 13.00.02 – Тәлим ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (инглис тили) қәнигелиги бойынша «Инглис тили сабақларында дидактикалық ойынлар жәрдеминде баслаўыш класс оқыўшыларының лексикалық компетенциясын қәлиплестириў» темасындағы педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертация жумысын қорғаўы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.03/30.04.2021.Fil.20.01 санлы Илимий кеңестиң 2025-жыл 29-август күнги саат 11.00 деги мәжилисинде (Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайында) болып өтеди.
Мәнзил: Нөкис қаласы, Академик Ч.Абдиров көшеси, 1-жай, Тел: (+99861) 223-59-25, факс (99861) 223-59-25, veb-sayt: www. karsu.uz email: karsu_info@edu.uz
Қарақалпақстан хабар агентлиги