Парламентлераралық бирге ислесиў перспективалары додаланды

122

Астана қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси  Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилиси Баслығы Ерлан Кошанов пенен ушырасты.

Конструктивлик сөйлесиў даўамында тәреплер парлдаментлераралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў, еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў,  сондай-ақ, жоқары дәрежеде ерисилген әҳмийетли келисимлерди әмелге асырыў мәселелерин додалады.

Нызам шығарыўшы уйымлардың жумысын жетилистириў, парламент институты ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларының потенциалын арттырыў бағдарында тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, аралас сайлаў системасы ҳәм парламент ўәкиллерин  кеңейтиўде уқсаслық  бар екенлиги атап өтилди.

Халықаралық парламент майданларында, соның ишинде, Парламентлераралық Аўқам, ЕҚБШ Парламент ассамблеясы, ҒМДА Парламент ассамблеясы шеңбериндеги бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Н.Абдураимова, ӨзА