“Фаол тадбиркор” көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққында

205

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бийлиги

Миллий экономикамызда турақлы өсиў пәтлерин тәмийинлеў, елимизде исбилерменликтиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, елимиздиң өндирислик ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бағдарындағы хызметлери, тараўға алдынғы инновациялық, “жасыл” ҳәм санлы технологияларды енгизиў, инвестицияларды тартыў, жумыс орынларын жаратыў, халықтың абаданлығын арттырыўға қосқан үлкен үлеси, сондай-ақ, бизнесте ерисип атырған салмақлы нәтийжелери ҳәм жәмийетлик турмысқа мүнәсип қатнасқаны ушын төмендегилер “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Атаджанов Неъматжан Тахирович – Төрткул районындағы «Реал монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы

Ешанов Зулфат Кадирбергенович – Қанлыкөл райоындағы «Zamira Kazayakli» фермер хожалығы баслығы

Жарилкасинов Руслан Хожабаевич – Шоманай районындағы «Промсервис Шоманай»  жеке-меншик кәрханасы баслығы

Исмайлов Нурман Джанабаевич – Шымбай районындағы жеке тәртиптеги исбилермен, өнермент- қара үй соғыўшы

Калжанов Сарсенбай Калбаевич – Нөкис қаласындағы «Jayhun Turan Super Servis» жуўапкершилиги шекленген жәмийети директоры

Хабибуллаев Хожиакбар Малик улы – Нөкис қаласындағы «Nukus lak-boyawlari» жуўапкершилиги шекленген жәмийети директоры

 

Ўзбекистон Республикаси Президенти

Ш.Мирзиёев