«Silk Way Star» таңлаўы өткериледи
143

Азия музыкасын үгит-нәсиятлаў, халықлар арасындағы мәлдений байланысларды беккемлеў ҳәм жаңа талантларға жол ашатуғын майдан жаратыўға қаратылған халықаралық жойбар «Silk Way Star» биринши мәрте Астанада өтеди, деп жазбақта KAZINFORM.
Хабарда жазылыўынша, таңлаўда 12 мәмлекет, атап айтқанда, Әзербайжан, Армения, Грузия, Малайзия, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Монголия, Тәжикстан, Түркменстан, Өзбекстан ҳәм Қубла Корея ўәкиллери қатнасады.
Музыкалық таңлаўдың сүўретке алыныўы 2025-жыл 20-август Гранд финал 22-ноябрь күни «Jibek Joly/Silk Way» телеканалы ҳәм таңлаўға қатнасыўшы мәмлекетлердиң жетекши телеканалларында тиккелей эфирде көрсетиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги