Исбилерменлер күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

233

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Мәмлекетимизде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик орталығын жақсылаў бағдарында жаратылған имканиятлардан үнемли пайдаланып, елимиздиң экономикалық қүдирети ҳәм экспорт потенциалын арттырыўда салмақлы нәтийжелерге ерисип атырғаны, интакерлиги, заманагөй билим ҳәм тәжирийбесин көрсетип, инвестицияларды тартыў, импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў, хызметлер көрсетиўди буннан былай да кеңейтиў, халықтың бәнтлиги ҳәм абаданлығын тәмийинлеў жолында айрықша жанкүйерлик көрсетип атырғаны, сондай-ақ, өзиниң әҳмийетли илимий-әмелий қолланбалары ҳәм инновациялық жойбарлары менен бизнес тараўының раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырғаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

“Дўстлик” ордени менен

Салиева Палзада Жиенбаевна – Кегейли районындағы “Арзыў” көп тармақлы фермер хожалығының баслығы

“Шуҳрат” медалы менен

Керимбаев Ғайратдин Умарович – Төрткүл районындағы “115-Төрткүл автокәрханасы” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси

Мамутова Махира Аминаддиновна – Нөкис қаласындағы «Good Cafe» шаңарақлық кәрханасының баслығы

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев