Президент Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы ҳүжжетке қол қойды

198

Усы жыл 14-август күни Президенттиң “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы қарары қабыл етилди.

Ҳүжжетке муўапық, төмендегилер 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип белгиленди, соның ишинде:

  • жалпы аймақлық өним көлемин орташа 6-6,5 процентке жеткериў;
  • санаат өндириси көлемин 5-6 процентке жеткериў;
  • базар хызметлери көлемин 15-17 процентке жеткериў.

Қарарға бола, Қарақалпақстан Республикасын 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша стратегия 5 жыллық толық бағдарлама тийкарында әмелге асырылады.

Бағдарламаны қаржыландырыў ушын нәтийжеге тийкарланған қаржыландырыў системасы (PforR) бойынша 150-200 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел қаржылары тартылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги