Шавкат Мирзиёев Пакистан басшылығына кеўил билдирди

154

Шавкат Мирзиёев Пакистан басшылығына кеўил билдирди. Бул ҳаққында мәмлекетлик баспасөз хызмети хабар берди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Пакистанның арқа-батыс аймақларында жүз берген күшли жаўын-шашын ҳәм суў тасқынлары ақыбетинде көплеген адамлардың қайтыс болғаны ҳәм жарақатланғаны мүнәсибети менен  Президент Асиф Али Зардарий ҳәм Бас министр Шаҳбоз Шарифке кеўил билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы мархумлардың шаңарақ ағзалары ҳәм туўысқанларына кеўил билдирип, жарақатланғанлар тез пурсатта   саўалып кетиўин тиледи.

Еслетип өтемиз, Пакистан ҳәм Ҳиндстанның  Гималай таўлары аймағында күшли жаўынлар  келтирип шығарған суў тасқынлары ҳәм унырап қулаўлар соңғы 48 саатта кеминде 321 адамдың өлимине себепши болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги