Азғанға сыйлық, семиргенге жәрийма – тәжирийбеден ким утылды?
155

Экшн-камералар ислеп шығарыўшы Insta360 (Қытай) компаниясы хызметкерлерди хошаметлеўдиң әжайып усылын жолға қойды.
Компания ҳәр бир жоғалтылған 0,5 кг салмақ ушын хызметкерге 500 юань (шама менен 70 доллар) сыйлық береди, салмағы артқанлардан болса 800 юань (шама менен 111 доллар) жәрийма өндиреди.
Усы ўақытқа шекем 99 хызметкер жәми 950 кг салмақ жоғалтып, жәми 138 мың долларға шамалас пул ислеп тапқан. Еле бирде-бир хызметкер жәриймаға тартылмаған.
Бул тек ғана тәжирийбе емес, ал саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлайтуғын корпоратив мәденияттың бир бөлеги, дейди компания басшылары.
Қарақалпақстан хабар агентилиги