Кеселликти жуқтырып алмаўға итибарсыз болмаўымыз керек

Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасында “Оғада қәўипли кеселликлер (Қутырыў, Қрым-Конго геморрогиялық ысытпа ҳәм от-жара кеселлиги, бруселлёз) профилактикасын тәмийинлеў бойынша республика көлеминде әмелге асырылып атырған илажлар” темасында баспасөз конференциясы өткерилди.
Баспасөз конференциясын Айрықша жағдайлар басқармасының бөлим баслығы Е.Жүзбаев алып барды.
Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы баслығының орынбасары В.Абсаттарова ҳәм айрықша жағдайлар, абаданластырыў, ветеринария тараўының қәнигелери тәрепинен республикамызда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар, алдын алыў илажлары, оғада қәўипли зоонантропоноз жуқпалы кеселликлер ҳаққында мағлыўмат берди. Зоонантропоноз инфекциялар – адам ҳәм ҳайўанлар ушын улыўма болған жуқпалы кеселликлер болып, кеселлик қозғалтыўшы ҳәр еки популяцияда да айланып, ҳайўанлардан адамға ҳәм адамлардан ҳайўанларга өтиўи мүмкин. Олардың қатарына күйдирги, туларемия, салмонеллезлер, листериоз, бруцеллёз ҳәм бир қатар басқа кеселликлер киреди.
Атап өтилгениндей, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы ҳәм оның қалалық, районлық бөлимлери тәрепинен бирге ислесиўши мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте ҳәзирги ўақытта республикамызда Қрым–Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги пайда болыўының алдын алыў ҳəм оның профилактикасы бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги – оғада қəўипли жуқпалы кеселлик болып, тəбийғый шараятта шарўа малларында ушырасатуғын иксод кенелериниң шағыўы нəтийжесинде адамға жуғады.
Кенениң қаны адамның жарақатланған тери ҳəм силекей қабатларына тийгенде, сондай-ақ, кене қол менен езилип өлтирилгенинде, қой ҳəм ешкилердиң жүнин қырқыў пайытында кенелерди кескенде ҳəм геморрагиялық ысытпа кеселлигине шатылған наўқасты күтип – қараў ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў пайытында өзин қорғаў илажлары көрилмеўиниң ақыбетинде кеселлик вирусы қан арқалы адамға жуғыўы мүмкин.
Геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң жасырын дәўири 2-6 күн даўам етеди. Усы дəўирде кеселликтиң клиникалық белгилери бақланбайды.
Наўқас қаншама ерте анықланып, емлеўханаға жатқарылса, емлеў соншама жақсы нəтийже береди ҳəм кеселлик тарқалыўының алды алынады.
Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигине шатылған наўқасларды емлеўде, усы кеселлик пенен бурын аўырып саўалған пуқаралардың қан плазмасын қолланыў нəтийжели усыл есапланады. Геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң алдын алыў ушын базарлардан, жайлаўлардан, қара мал, қой – ешкилерди кенеге қарсы дәрилемей турып үйге алып келмеў, малларда кене анықланғанда дәрҳал ветеринария хызметкерлерине мүрəжат етип, олардың усынысы тийкарында кенелерге қарсы дәрилеў, кенелерди қол, тас, атаўыз, шөккиш пенен езип, қайшы менен қыйып өлтирмеў, қой-ешкилердиң жүнин қырқыў ўақтында қорғаўшы кийимлер менен ислеў, кенелер анықланған жерлерде малларды бақпаў, оған байланыслы жумысларға ҳəмиледар ҳаялларды ҳəм балаларды тартпаў, қырқыў пайытында жеке гигиена қағыйдаларына қатаң əмел етиў талап етиледи.
Ал, бруцеллёз – бул бактериал топарына киретуғын инфекция болып, ҳәр түрли жоллар менен жуғатуғын, таяныш-ҳәрекет ҳәм нерв системаларының, сондай-ақ, орган ҳәм системалардың зыянланыўына алып келетуғын зооантропоноз кеселлик болып есапланады.
Бруцеллёз кеселлигиниң ең қәўипли тәрепи ол адамның сүйек-буўынларын, нерв, таяныш-ҳәрекет ағзаларын зыянландырады. Кеселликти қоздырыўшы микроблар кесел ҳайўанлардан олар шала яки өли туўылғанында, оның жолдасында, буўаз болған ўақытта, оның суйықлықлары арқалы бруцеллалар сыртқы орталыққа кең түрде тарқап кетеди.
Саламат адамның организмине бруцеллалар асқазан-ишек ҳәм дем алыў жоллары және жарақатланған тери қабатлары арқалы жуғады. Бруцеллалар кесел ҳайўанлардан адамға әпиўайы сүт ҳәм гөш өнимлеринен де жуғады. Сонлықтан усы кеселликтиң алдын алыў мақсетинде ветеринария ҳәм медицина хызметкерлери менен бирликте ҳайуанларды лабораториялық усылда тексериў, кесел малларды саллақханада сойыў, малларды өз-ўақтында бруцеллёз кеселлигине шаншып барыў зәрүр.
Кесел маллардың сүтин пастеризацияланғаннан кейин пайдаланыў, туўған пайытында және жүнин қырқыў мапазында, күнделикли бағыўда жасы 18 ге шықпаған балаларды қатнастырмаў керек. Шарўашылықта жумыс ислейтуғынлардан санитариялық-гигиеналық қәделерди толық орынлаў талап етиледи.
Ветеринариялық тексериўден өтпеген малды сойыў ямаса өнимлерин жеўге болмайды. Мине, усы айтылған илажлар толық орынланса бруцеллёз кеселлигиниң алдын алған боламыз.
Ал, қутырыў кеселлиги – ҳайўан тислегенде жуғатуғын 100 процент аўыр ақыбетке алып келетуғын оғада жуқпалы кеселлик.
Баспасөз конференциясында қаңғымай ийтлерден абайлы болыў кереклиги, олардың топланған жерлерин анықлаў, сақлаў, ийеси бар ийтлердиң де пуқараларды тислеп келтирип атырған зыянлары, вакцина алыў тәртип-қағыйдалары, мүддетлери, қаңғымай ийтлерди бөлек сақлаўда ушырасып атырған машқалалар атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.


Конференцияда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги