Жаңа жынаят: жас өспиримге диний тәлийматтан сабақ бериў

147

Быйыл 8-август күнги ӨРН-1080-санлы Нызам менен әмелдеги Жынаят кодексиниң 229-2-статьясы екинши бөлим менен толықтырылды.

Оған бола, “арнаўлы диний мағлыўматы болмай турып ҳәм диний шөлкем басқармасы орайлық уйымының руқсатысыз жас өспиримге диний тәлийматтан сабақ бериў, сондай-ақ, жас өспиримге жеке тәртипте диний тәлийматтан сабақ бериў, БЕМниң 50 есесинен 100 есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса 360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса 3 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса 1 жылдан 3 жылға шекем еркин шеклеў ямаса 3 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.”

Бул Нызам 2025-жыл 10-ноябрьден күшке киреди.

Алдын ӨРН-1035-санлы нызам менен “Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында”ғы нызамға қосымша киргизилген ҳәм оған бола ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслар өз перзентин жеке исенимлерине муўапық диний ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаў ҳуқықына ийе екени, олар тәрепинен өз перзентин нызамға қайшы түрде диний билим алыўға тартыўға, яғный баланы дизимнен өтпеген яки лицензияға ийе болмаған шөлкемлерге яки арнаўлы диний билимге ийе болмаған ҳәм диний шөлкемлердиң Өзбекстан бойынша орайлық басқарыў уйымының руқсатысыз диний билимлендириўди әмелге асырып атырған шахсларға диний билим алыў ушын тапсырыўға жол қойылмайтуғыны белгиленген еди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги