Өзбекстанда мийнетке жарамлы жастан үлкенлердиң үлеси анықланды
141

Өзбекстан халқының 56 проценти мийнетке жарамлы екени мәлим болды. Мийнетке жарамлылықтан үлкенлер болса дерлик 12 процентти қурамақта.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, Өзбекстан Республикасында 2025-жылдың 1-июль жағдайына турақлы халықтың саны 37,9 млн. адамды қураған.
Турақлы халық санының жас топарлары бойынша қурамы төмендегише:
- мийнетке жарамлы жастан кишилер – 12,2 млн адам (32,2%);
- мийнетке жарамлы жастағылар – 21,2 млн адам (56%);
- мийнетке жарамлы жастан үлкенлер – 4,5 млн адам (11,8%).
Еслетип өтемиз, алдынырақ Миллий статистика комитети Өзбекстан халқы 38 миллион адамға шамаласқаны ҳаққында хабар берген еди. Халықтың саны орташа 1,7-1,8 мың адамға көбеймекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги