Ташкентте және бир абырайлы форум өткериледи

Ҳәзир ғана Ташкентте VIII Орайлық Азия экспертлер форумы (ОАЭФ) өз жумысын баслады. «Орайлық Азия – исеним, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўдың улыўма мәканы» деп аталған бул гезектеги абырайлы әнжуман Өзбекстан Республикасы Президент жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) тәрепинен шөлкемлестирилди.
Илаж бирге ислесиўшилери – Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орай, Европа Аўқамының Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ), Конрад Аденауэр атындағы қор.
Дәстүрге бола, Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери стратегиялық институтлары, илимий-изертлеў орайлары ҳәм академиялық топарлары ҳәм қәнигелери қатарында регионтаныў бойынша тәжирийбе алмасыў мақсетинде биринши мәрте Европа Аўқамы, АСЕАН, Қубла кеңес мәмлекетлеринен белгили экспертлер, сондай-ақ, Россия Федерациясы, АҚШ, Уллы Британия, Швейцария, Әзербайжан изертлеўшилери де жыйналған.
Әдеттегидей, форумды СРИИ директоры Элдор Арипов ашып берди. Ол қутлықлаў сөзинде дәслеп регионымызда бүгинги күнде жүз берип атырған унамлы процесслерге қысқаша тоқталып, Орайлық Азия мәмлекетлери өз-ара жақынласыў ҳәм бирлесиў жолында үлкен жолды басып өткенин атап өтти.
Оның пикиринше, бүгинги күнде регионымызда мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң турақлылық, қәўипсизлик ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў имканиятын беретуғын, ҳәр тәреплеме тең салмақлы ҳәм соның менен бир ўақытта өзине тән сийрек ушырасатуғын модели қәлиплескен. Басқаша етип айтқанда, ҳәзирги глобал өзгерислер дәўиринде Орайлық Азия өзин дүнья тәжирийбесинде нәтийжели регионаллық шерикликтиң оғада аз ушырасатуғын, табыслы үлгиси сыпатында көрсетпекте.
Форумның толық мағлыўматларын ӨзА бетлеринде бақлап барың.
Ғайрат Хонназаров,
Аслиддин Алижонов (сүўрет),
ӨзА