ЖООға кире алмағанлар апелляция арзаларын қашан ҳәм қай жерде тапсыратуғыны айтылды

161

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақларының нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер апелляция арзаларын my.uzbmb.uz сайты арқалы (жеке кабинети арқалы) онлайн тәризде 15-августтан 24-августқа шекем (10 күн даўамында) бериўи мүмкин. Бул ҳаққында Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги хабар берди.

Абитуриент апелляция шағым бериўи ушын тест сынағында қатнасқан ҳәм тест сынағынан шетлетилмеген болыўы керек.

Апелляция арзасын берген абитуриентке оны көрип шығыў сәнеси ҳәм ўақты көрсетилген хабарнама бериледи.

Абитуриент хабарда белгиленген ўақытта шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм хабарнама менен Билимди баҳалаў агентлигине (ямаса хабарда белгиленген жерге) келиўи керек.

Апелляция шағымларын көрип шығыў 2025-жыл 21-августтан басланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги