Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди

293

Дүньяда саўда қағыйдаларының тез өзгериўи ямаса логистикадағы үзилислер тоқтамай атырған шараятта тоқымашылық тармағын раўажландырыўға айрықша қатнаслар зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Президентимиз Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилетуғынын жәриялады. Агентлик тоқымашылық, былғары ҳәм пилле санаатына жуўапкер болады.

Агентликке инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң биринши орынбасары Нозимжон Холмуродов басшылық етеди.

Агентлик жанында тәжирийбели исбилерменлерден ибарат кеңес шөлкемлестириледи. Агентликтиң өз алдына қоры болады, мәмлекетлик жәрдем, сондай-ақ, тоқымашылық кәрханаларына арзан айланыс қаржы усы қор арқалы бериледи. Қорға 200 миллион доллар ажыратылады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тоқымашылық тараўында экспорт имканиятлары ҳәм резервлерди иске қосыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

ӨзА