Еки жүз жумыс орнын жарататуғын ҳәм мүнәсип мийнет ҳақы төлейтуғын кәрханалар ушын жәрдем

154

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тоқымашылық тараўында экспорт имканиятлары ҳәм резервлерди иске қосыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Өткен жылы 5 миллион доллардан аслам экспорт еткен 55 кәрхананың ҳәр биринде кеминде 200 адамнан жумысшы ислемекте. Бирақ бул кәрханалар тийкарынан ўәлаят орайларында ҳәм санааты раўажланған районларда жайласқан.

Оларға жәрдем берилсе, алыс ҳәм санаат кирип бармаған районларда филиал ашпақшы. Оған Саўданы раўажландырыў компаниясынан бес жылға 10 миллиард сумға шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында кредит бериледи. Сырт елли дизайнер, технолог, конструктор ҳәм маркетологлардың мийнет ҳақысы қаплап бериледи.

Қойылатуғын шәрт – кәрханалар 200 жумыс орнын жаратыўы ҳәм мүнәсип мийнет ҳақы төлеўи керек.

Жуўапкерлерге бул хошаметлеўлерди иске қосып, усы жылы 20, келеси жылы және 30 районда тигиўшилик фабрикаларын иске қосыў тапсырылды.

Бул жумыслар Қарақалпақстаннан басланатуғыны белгиленди.

ӨзА