Онлайн саўда жаңа әсирдиң базары ма?

137

Дүнья көлеминде электрон коммерция яғный, онлайн саўда системасы күннен-күнге раўажланбақта. Енди әпиўайы бир телефон, банк картасы ҳәм интернет пенен базар ямаса дүканға шықпастан, керекли өнимди сатып алыў, ҳәттеки оны сырт елден буйыртпа етиў имканияты бар.

Онлайн саўданың раўажланыўы, әсиресе, пандемия дәўиринде кескин тезлести. Карантин шеклеўлери адамларды интернет арқалы сатып алыўға үйретти. Сол себепли де бүгин “Аmazon”, “Аlibabа”, “Wildberries”, “Оzon”, “Trendyol” сыяқлы платформалар глобал көлемде миллионлаған пайдаланыўшыларға хызмет көрсетпекте. Өзбекстанда болса “Uzum Market”, “Asaxiy”, “Apteka.uz” сыяқлы жергиликли платформалар күн сайын қарыйдарлардың исенимине ериспекте.

Бирақ бул өзгерислер тийкарында бир сораў барған сайын әҳмийетли болып бармақта: дәстүрий базарлар ҳәм дүканлар жоқ болып кетпей ме? Ҳақыйқатында да, заманагөй тутыныўшы қолайлық, тезлик ҳәм қәўипсизликти абзал көрмекте. Енди ири саўда орайларына барыўдың орнына, көпшилик телефон арқалы сатып алады. Соның ушын да дүньяның көплеген қалаларында дәстүрий базарлар жабылып, орнын қоймахана ҳәм жеткерип бериў орайлары ийелемекте.

Бирақ, бул процесс бир тәреплеме емес. Себеби онлайн саўдаға еле толық исеним орнатылмаған, айырым ўақытта алдаўшылық жағдайлары бақланбақта. Өнимди көрип, услап көрместен сатып алыў көпшилик ушын қолайсызлық туўдырады. Әсиресе, азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншек ямаса техника қуралларын таңлаўда тутыныўшылар елеге шекем дәстүрий дүканларға мүрәжат етеди.

Бүгинги күнде онлайн саўда өзинде бир неше имканиятларды жәмлеген. Жаңа жумыс орынлары арқалы курьерлер, буйыртпа алыўшы, контент жаратыўшы ҳәм қарыйдарларға хызмет көрсетиўши жумысшылар усылардың қатарына киреди. Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын жаңа жумыс форматлары, әсиресе, үйден турып ислеў имканияты көпшилик ушын қолайлылық жаратты.

Бирақ, бул процессте қадағалаў ҳәм сапасызлық, қәўипсизлик ҳәм жеке мағлыўматлардың тарқалыўы, салық салыўдағы машқалалар сыяқлы қәўип-қәтерлер де бар.

Қәнигелердиң пикиринше, жақын жылларда базарлар пүткиллей жоқ болып кетпейди. Бәлким олар гибрид модельге өтеди: яғный дүканлар онлайн платформаларға ийе болады, қарыйдар болса барып өнимди көреди, қәлесе үйинен турып буйыртпа береди.

Өзбекстан шараятында бул трансформация әлле қашан басланған. Санлы саўда сиясатын раўажландырыў, электрон төлем системаларын кеңейтиў ҳәм интернет инфраструктурасын жақсылаў бул бағдардағы әҳмийетли қәдемлер болып есапланады.

Онлайн саўда заманагөй жәмийеттиң талапларына жуўап беретуғын, қолайлы, тез ҳәм нәтийжели система болып есапланады. Бирақ бул система дәстүрий базар ҳәм дүканларды пүткиллей жоқ етиўге алып келмейди. Керисинше, олар өзгереди, заман талапларына бейимлеседи. Раўажланып атырған мәмлекетлерде болса онлайн саўданың турақлы өсиўи ушын исеним, сапалы ҳәм қолайлы хызмет көрсетиў әҳмийетли фактор болып қалады.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА