Ҳаял-қызларға күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайлары бойынша сенатор сораўы жиберилди

153

Статистикалық мағлыўматларға бола, 2025-жылдың биринши ярымында республика бойынша 48 мың 303 күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайлары дизимге алынған. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 121 процентке көп.

Ең көп жағдайлар Ташкент ўәлаятында 9 мың 414, Бухара ўәлаятында 5 мың 612, Қашқадәрья ўәлаятында 5 мың 268 ҳәм Әндижан ўәлаятында 4 мың 808 жағдай дизимге алынған. Усы дәўирде 930 ҳаял-қызға қайта қорғаў ордерлери берилген.

Көринип турғанындай, қабыл етилген нызамлар ҳәм илажларға қарамастан, соңғы жылларда ҳаял-қызларға күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайлары артып бармақта.

Сол себепли, мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайларын сапластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзасы Малика Қодирхонова Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамоваға сенатор сораўын жиберди.

Сенатор сораўында комитет ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен күш көрсетиў ҳәм зорлыққа алып келиўши себеплерди анықлаў, профилактикалық жумысларды күшейтиў, ўәкилликли уйымлар менен бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм мәҳәллелерде ҳаял-қызларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлыққа маўасасызлық орталығын қәлиплестириў бойынша көрилип атырған илажлар бойынша тийкарланған түсиниклер бериў соралған.

Н.Абдураимова, ӨзА