Өзбекстан ҳәм Монголия: парламентлераралық бирге ислесиў байланыслары жаңа мазмун менен байытылады

Сенатта Монголия Уллы Мәмлекетлик Хуралы ағзасы, Бюджет бойынша турақлы комитетиниң ағзасы Цэрэнпил Даваасурэн басшылығындағы парламент делегациясы менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан менен Монголия арасындағы кең көлемли шериклик байланыслары көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық қатнасықларына, өз-ара тығыз саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўге тийкарланғаны атап өтилди.
Еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм исеними мәмлекетлераралық қатнасықлардың және де раўажланыўы ҳәм беккемлениўинде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Монголия Уллы Мәмлекетлик Хуралы менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық дослық топарының жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен биргеликтеги парламентлик қадағалаўды жолға қойыў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
Өзбекстан Президентиниң Монғолияға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлер шеңберинде аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўларында белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў парламентлераралық топардың да ўазыйпасы екени атап өтилди.
Ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, оны жаңа мазмун менен байытыў, нызам дөретиўшилиги тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелери бойынша да сөз болды.
Н.Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы