Ярым жылда мәмлекет бюджети дәраматлары 144,2 трлн. сумға, инфляция дәрежеси 8,7 процентке жеткен

130

Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтпекте. Мәжилисте Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан – 2030»  стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасының 2025-жылдың  биринши ярым жыллықтағы орынланыўы  ҳаққындағы» есабаты додаланбақта.

Күн тәртибиндеги  мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары  – Экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров мәлимлеме бермекте.

Мәжилисте атап өтилгениндей, мәмлекетимиз турақлы экономикалық  өсиў жолында анық нәтийжелерге ериспекте. Атап айтқанда, 2025-жылдың биринши ярым жыллығында мәмлекетлик жалпы ишки өним көлеми 7,2 процентке артқан. Жалпы ишки өним қурамында базар хызметлери 8,2 процентке, санаат өндириси 6,6 процентке, қурылыс ислери 10,7 процентке ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў 4 процентке артты.

Мәжилисте Ҳүкимет тәрепинен усыныс етилген есабатта мәмлекеттиң социаллық-экономикалық  раўажланыўын тийкарғы көрсеткишлери, макроэкономикалық турақлылық, экономика ҳәм социаллық тараўды избе-из раўажландырыўды  тәмийинлеў  бағдарында  әмелге асырылған  жумыслар толық атап өтилди.

Атап айтқанда, есабат дәўиринде улыўма 21 млрд долларлық сырт ел инвестициялары өзлестирилип, бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,3 процентке өскен. Баҳасы 2,5 млрд долларлық 30 жойбарларды иске қосыў арқалы 3 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылған, 66 районға 50 млн доллардан көп инвестиция киргизилген.

Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 144,2 трлн сумға жетип, 27,8 процентке көбейген. Мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлери есабат дәўиринде 173,3 трлн сумды қурап, 16,4 процентке өскен. Соннан социаллық тараўларға бағдарланған қаржы 86,2 трлн сумды қурап, өткен айдың усы дәўирине салыстырғанда 16,4 процентке көп. Халықты ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ушын 14,7 трлн сум субсидиялар ажыратылған.

Жамшид Қўчқоров жыллық инфляция дәрежеси 8,7 процентке жеткенин мәлим етти. Сондай-ақ, 21 млрд долларлық инвестициялар тартылды. Товарлар ҳәм хызметлер көлеми биринши мәрте  10,3 миллиард долларға жетти. Халықтың банклердеги депозитлери 134,5 триллион сумға жетти. Коммерциялық банклер тәрепинен 149 триллион сумлық  кредитлер ажыратылды.

Мәжилис өз жумысын даўам еттирмекте.

Муҳтарама Комилова, ӨзА