Мигрантларды мақсетли таярлаўға қәнигелескен халықаралық оқыў орайы Өзбекстанда өз филиалын ашыўы мүмкин

Өзбекстан Бас консулханасының жәрдеминде Қазақстанның Атыраў қаласындағы “APEC Training Center” халықаралық оқыў орайы делегациясының усы жыл 4-7-август күнлери Өзбекстанға әмелий сапары шөлкемлестирилди, деп хабар бермекте “Дунё” МА.
«Қазақстан ўәкиллери сапар даўамында Өзбекстан Миграция агентлиги жуўапкерлери менен ушырасыў өткерди. Онда Өзбекстан пуқараларын сырт елде, биринши гезекте Европа Аўқамы мәмлекетлеринде жумысқа жайластырыў, Өзбекстанда “APEC Training Center” оқыў орайының ўәкилханасын ашыў ҳәм биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў имканиятлары додаланды. “NCCER” ва “City & Guilds” “HR Global”
Буннан тысқары, Өзбекстан Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди.
Сөйлесиў ўақтында “NCCER” ҳәм “City & Guilds” аккредитация тәртиби ҳаққында пикир алысылды. Бул системаны Өзбекстан аймағында енгизиў ҳәм оқыў бағдарламаларын мәмлекетимизде қолланыў системасын үйрениўге келисип алынды.
Сапар даўамында Қазақстан делегациясы Ташкент қаласында жайласқан “HR Global” компаниясының басшылары менен де сөйлесиў өткерди», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги