Жаңа оқыў жылында 700 мыңнан аслам бала биринши мәрте мектепке барады
361

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги 2025-2026-оқыў жылы ушын мектеплердиң 1-класына қабыл етилген оқыўшылар ҳаққында мағлыўмат берди.
Оған бола, усы жылы 11-августқа шекем улыўма билим бериў мектеплериниң 1-класына 666 782 бала (90 процент) қабыл етилген.
1-классқа ең көп қабыллаў Самарқанд (83 211), Ферғана (72 514) ҳәм Қашқадәрья (69 977) ўәлаятларында бақланған.
Хабарға бола, микроаймақтан тысқарыдағы мектеплерге қабыллаў процесслери 15-августқа шекем даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги