Сенат кенгашинде Судьялар жоқары кеңесиниң баслығы сайланды

Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти. Сенат Баслығы Танзила Норбоева алып барған мәжилисте Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң баслығын сайлаў мәселеси көрип шығылды.
Сенат кенгаши тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына бола Холмўмин Ёдгоровты Судьялар жоқары кеңесиниң баслығы лаўазымына сайлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилисте өткен бес жыл даўамында Судьялар жоқары кеңеси тәрепинен мәмлекетимизде суд ҳәкимиятының абырайы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде әмелге асырылған илажлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, бул реформалар система жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге, адамлардың әдил судлаўға болған исенимин және де беккемлеўге хызмет етпекте.
Сенаторлар додаланған мәселе бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Н.Абдураимова, ӨзА