Альцгеймер кеселлиги үстинен жеңиске ерисилди – илимпазлар кеселликти артқа қайтарды ҳәм ҳәттеки еслеўди тикледи

137

Альцгеймер кеселлиги – (тийкарынан 65 жастан асқан) адамларда бақланатуғын ең көп тарқалған ақыл кемислиги түри. Бул кеселлик нейронлардың басқышпа-басқыш набыт болыўы менен байланыслы.

Изертлеўге бола: литийдиң төмен дәрежеси – есте сақлаўдың төменлеўи ҳәм нейродегенерацияның тийкарғы себеплеринен бири. Тышқанлардағы тәжирийбелерде литий қосымшасы еслеўди тикледи, мийди жасартты ҳәм Альцгеймер кеселлигин жоқ етти, сондай-ақ, оның раўажланыўының алдын алды. Литий – 55 миллион адамды қутқарыўға уқыплы, арзан ҳәм ҳәмме ушын аңсат ерисилетуғын қурал болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги