Комада жатырған қыз университетке қабыл етилгени ҳаққындағы хабарды көрип, өзине келди

174

Қытайда комада болған 18 жасар Цзян Чэннанға университетке қабыл етилгенлиги ҳаққындағы хатты көрсеткеннен кейин өзине келди, деп жазады South China Morning Post. Сегиз күн комада жатқан қызға бул жақсы хабарды оның әкеси жеткерди.

Келеси күни Цзян Чэннан өзине келип, туўысқанлары менен видеобайланыс арқалы сәўбетлести.

Қыз 11-июль күни температурасы көтерилип, көкирегинде қысылыў сезими пайда болғанлығы себепли шыпакерлерге мүрәжат еткен. Кириў имтиханын тапсырып, шыпакерлердиң алдына келген. Мәлим болыўынша, ол жүректиң исиниўи – фульминант миокардит пенен кеселленген. Бундай диагноз көбинесе өлимге алып келеди, кеселликтиң тийкарғы себеплери вируслы инфекциялар, стресс ҳәм саламат емес турмыс тәризи болып есапланады, әйне бул жағдайда оған не себеп болғаны анықланбады. Абитуриент комаға түскеннен соң, оның өмирин жүрек-өкпе аппараты жәрдеминде сақлап қалыўға ерисилди, деп хабар бермекте сырт ел ҒХҚ.

Шыпакерлердиң атап өтиўинше, қыздың жүрек искерлиги толық тикленген, ҳәзирги ўақытта оның “ояныўы”ның анық себеби белгисиз болып қалмақта.

Басылымның қосымша етиўинше, Цзян Чэннанның шаңарағы 2023-жылы әкеси бахытсыз ҳәдийсеге ушырап, қарызға батқанынан кейин финанслық қыйыншылықларды басынан өткермекте. Анасы ең болмаса пул табыў ушын көше аўқатларын сатыўға мәжбүр. “Пул менен байланыслы қандай машқалаларымыз болса да, оны университетке оқыўға жиберемен, себеби бул оның әрманы”,  деди қыздың әкеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги